Шымбай жаслары Өзбекстан Жаслар аўқамы баслығы Қ.Қуранбаев пенен ушырасты

Жақында Шымбай экономика колледжинде жаслардың бизнес басламалары, идеялары ҳәм жойбарларын жүзеге шығарыўға көмеклесиў ҳәм коллап-қуўатлаў, бәнт болмаған жасларды мийнет базарында талап жоқары болған қәнигеликлер ҳәм бизнес жүритиў көнликпелерине оқытыў, сондай-ақ жаслардың социал-экономикалық белсендилигин асырыў арқалы олардың бәнтлигин тәмийинлеўге қаратылған «Жаслар келешегимиз» атамасындағы мәмлекетлик бағдарламаның орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан жаслар аўқамы Орайлық Кеңеси баслығы Қ.Қуранбаев район жаслары менен ушырасты.

Оған Қарақалпақстан Pеспубликасы Жоқарғы Кеңеси баслығының орынбасары А.Ҳамраев, Қарақалпақстан Pеспубликасы Прокуроры P.Pахматов, Ишки ислер министри А.Темирханов, район ҳәкими П.Ещановлар қатнасты.

Ушырасыўда 140 тан аслам жаслар, 11 жас исбилермен тәрепинен 2 млрд. 900 млн. сўмлық жеңиллетилген кредитлер ажыратыў бойынша усыныслар билдирилди ҳәм комиссия қарары тийкарында усы жылдың август айында кредитлер ажыратылыўы белгилеп алынды. Атап айтқанда, 28-санлы мектеп жетекшиси М.Есбергенова жеңиллетилген кредит алып тигиўшилик цехин ашыў ҳәм 10 жасты жумыс пенен тәмийинлеў нийети бар екенлигин айтқанда Қаҳраман аға бул қызға процентсиз 200 млн. сўм кредит берилетуғынлығын айтып өтти. Жас исбилермен P.Бекбергенов болса, усы жылдың 1-сентябрь күни «Шахтемир» МПЖ аймағында «Жаслар мийнет гүзары» комплексин иске түсириў шәрти менен жеңиллетилген кредитлер алыў имканиятына ийе болды.

Мағлыўмат ушын айтып өтиў тийис «Жаслар келешегимиз» бағдарламасы бойынша Шымбай экономика колледжинде 4 ағзадан ибарат район штап хызмети дүзилген болып, оған 23 жуўапкер бекитилген.

Исши топар ағзалары сол күнниң өзинде мәҳәллелерде үйме-үй кирип сәўбетлесиўлер шөлкемлестирди. Үйрениўлер нәтийжесинде жәми 46 шаңарақта 17 машқала анықланды ҳәм шешимин табыў мақсетинде дәстүр ислеп шығылды.

Жаслар менен сәўбетлесиўден соң Орайлық Кеңес баслығы районлық Сәрдарлар Кеңеси ағзалары менен ушырасты. Сәрдарлардың усынысларын тыңлады. Атап айтқанда У.Бекбаева, Н.Нурниязов, Б.Мақсетдинова, Г.Ержанбаевалар райондағы барлық оқыў орны сәрдарлары ушын 2018-жыл сентябрь айынан баслап қолайлы қолланбалар исленип пайдаланыўға енгизилетуғынлығы айтылып өтилди ҳәм усы жойбар мақул болса, республикамыздың барлық аймақларында енгизилсе жаслардың ўақтын тежеўге, көбирек китап оқыўға себепши болатуғынлығы айтып өтилди.

Сәрдарлар Кеңеси ағзалары ушын Самарқанд ўалаятына саяхат шөлкемлестирилилиўине ўәде берген, район жасларының пикирлерин тыңлаған Орайлык Кеңеси баслығы «шаршамаңлар, сизлерге күш-қуўат тилеймен» деген жақсы тилеклерди билдирди.

Шымбай жаслары өз гезегинде жаратылып берилип атырған шараятлар, имканиятлар ушын ушын елимиз Президентине, Жаслар аўқамы Орайлық Кеңеси баслығына терең миннетдаршылық билдирди.

 

 

Сәрбиназ Жолымбетова

Жаслар аўқамы Шымбай районлық Кеңесиниң

оқыў орынлары менен ислесиў бойынша бас қәнигеси