МƏСЛИКТИҢ КЕСИPИ
Жолда ҳәрекет етип баратырған транспорт басқарыўшысы илажы барынша жол ҳәрекети қағыйдаларына әмел етиўге тырысады.
Деген менен, айырым ўақытларда жолаўшылар өмирине қәўип салыўшы мәс ҳалында транспорт басқарыўшы пуқараларда ушырасып турады.
Буған мысал ретинде Қаржаўбай Жуманиязовты келтирсек болады. Атап айтқанда, ол усы жыл 23-февраль күни өзиниң танысы Б.Жуманиязовқа тийисли ВАЗ2121 маркалы, мәмлекетлик белгиси 95Е765ДА болған автомашинасын басқарып киятырғанда Шымбай районы И.Юсупов көшесинде Жол ҳәрекети қәўипсизлик басқармасы хызметкерлери тәрепинен иркилди. Қ.Жуманиязовты медицина көригинен өткерилгенде, оның спиртли ишимлик ишкени толық дәлилленеди.
Бул ислеген ҳуқықбузарлығы ушын Қ.Жуманиязов Өзбекстан Pеспубликасы ҲЖҳКниң 131-статьясы 1-бөлими менен 1 жыл 6 ай мүддетке транспорт қуралын басқарыў ҳуқықынан айырыў, ҲЖҳКниң 135-статьясы 2-бөлими менен ең кем ис ҳақының 3 есеси муғдарында, яғный 516.720 сум жәрийма жазасы тайынланды.
Енди пикир жүритип көрейик. Мәс адам ҳеш қашан өзине жуўап бере алмайды. Демек, бул пуқараның ислеген исин ақлап боларма екен? Бүгинги ислеген жынаятынан ҳеш қандай бахытсыз ҳәдийсе жүз бермеди. Лекин, адам өмирине қәўип туўдырыўшы ўақыя болғанда не болар еди?...
Қайрат ҚыпшаҚбаев,
Шымбай районы ҳәкимшилик Судының судьясы жәрдемшиси.

